ФИЛИАЛДЫҢ «КӨРКЕМ ӨНЕР ҲӘМ МӘДЕНИЯТ ХАБАРШЫСЫ» ИЛИМИЙ-МЕТОДИКАЛЫҚ ЖУРНАЛЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 02.06.2023

Жаңалық

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен «Көркем өнер ҳәм мәденият хабаршысы» илимий-методикалық журналы шөлкемлестирилмекте. Журнал Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен республикалық илимий журнал сыпатында 2023-жылдың 15-май күнги №081166-саны менен мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Журналдың 1-санын шығарыў ҳәм редкология ағзаларын тастыйықлаў мәселеси усы жыл 31-май күнги Филиал Кеңесиниң №10-санлы протоколы менен тастыйықланды.

Журналдың 1-саны ушын илимий мақалалар қабыл етилип басланды. Журналға мақалалар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглиз тиллеринде төмендеги бағдарлар бойынша қабыл етиледи:

  • Театр ҳәм музыка кѳркем ѳнери
  • Кино ҳәм драматургия кѳркем ѳнери
  • Кѳркем ѳнер ҳәм мәденият
  • Жәмийетлик-гуманитар пәнлер бағдарлары бойынша мақалалар қабыл етиледи.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...