Мәмлекетимизде ҳаял—қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың жәмийетте өз орнын табыўы ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Ҳаял—қызлардың ерлер менен тең ҳуқықлы болып, елимизде тараўлардың раўажланыўына үлес қосып атырғанлығы ҳәр бир исте айқын көзге тасланбақта. Әсиресе, илимниң аўыр жүгин тартып киятырған ҳаял—қызлардың мийнетлери ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы болып, олардың ерискен табыслары жасларға өрнек болса арзыйды.
11-февраль – «Халықаралық илим ҳәм билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында “Илимли ҳаял – жәмийет айнасы” атамасында илаж шөлкемлестирилди.


Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы баслығы, профессор, Қарақалпақстан халық бақсысы Гулбахар Ахымбетова қатнасып, студентлерге илим жолындағы тәжирийбелери менен ортақласты.
Илажды филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кыдырниязова кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў бағдарында жүргизилип атырған жумысларға әсиресе, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлардың мийнетлерине айрықша тоқтап өтти.



Ушырасыўда Г.Ахымбетова өзиниң мийнет жолы, илим тараўында ерискен жетискенликлери ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында кең түрде айтып берди. Соның менен бирге тараўдағы жаңалықлар, елимиздиң көркем өнер тараўындағы жетискенликлер, илим дүньясының терең сырлары, өзиниң басып өткен өмир жолы, жетискенлиги ҳәм нәтийжелерге алып келген мийнетлери, сондай-ақ, қыйыншылықлар ҳәм оларды жеңип өтиў жоллары ҳаққында толық мағлыўматлар берип өтти. Студент жасларға Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып, келешекте өз кәсибине садық жетик кадрлар болып жетилисиўине шақырды.
Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети – студент-қызларды илимге тартыў, олардың өз үстинде излениўлерин қоллап-қуўатлаў, билим алыўда жол-жоба көрсетиў ҳәм өз тараўында кәсиплик пидайлығын арттырыў болып есапланады.
Илаж даўамында студент қызлар өзлериниң қызықтырған сораўларына устазынан тийисли жуўап алды.

![]()