ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.12.2024

Бүгин, 25-декабрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында нәўбеттеги аппарат мәжилиси болып өтти. Мәжилиске директор орынбасарлары, бөлим баслықлар, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды.

Онда хатлардың орынланыўы, ишки тәртип қағыйдаларын сақлаў, студентлердиң контракт мәселелери бойынша тоқталып өтти. Сондай-ақ, студент-жаслардың қысқы дем алыс күнлеринде оларды қадағалап турыўлары ескертилди.

Илаж соңында тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар белгилеп берилди.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...