ҒӘРЕЗСИЗЛИК САБАҚЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.09.2022

Елимиздиң ең уллы, ең әзиз байрамы саналған Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы қарсаңында «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Н.Аңсатбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық «Дослық» ордени менен сыйлықланған еди.

Жаңа оқыў жылы ҳәм билимлер күни мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов сыйлық ийесин жетискенлиги менен қутлықлады.

Буннан соң, прфессор Н.Аңсатбаев жаңа оқыў жылы ҳәм билимлер күни мүнәсибети менен ғәрезсизлик сабағын өтти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler