ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Daǵazalar
Sáne: 20.11.2021

ƟЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘДЕНИЯТ МИНИСТРЛИГИ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘДЕНИЯТ МИНИСТРЛИГИ

ƟЗБЕКСТАН МӘМЛЕКЕТЛИК КƟРКЕМ ƟНЕР ҲӘМ МӘДЕНИЯТ ИНСТИТУТЫ НƟКИС ФИЛИАЛЫ

«Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик Миллий-фольклор ансамблиниң 65 жыллық юбилейине арналған «Қарақалпақстанда хореография көркем өнериниң раўажланыў тарийхы» атамасындағы Ɵзбекстан Республикасы көлеминдеги илимий-теориялық конференция Нөкис қаласындағы Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатында 2021-жыл 27-ноябрь күни өткериледи.

Конференцияда төмендеги секциялардың жумыс алып барыўы режелестирилген:

1-секция.  Қарақалпақстанда хореография көркем өнериниң келип шығыў тарийхы.

2-секция.  Фольклор ҳәм этнографияның раўажланыўы.

3-секция.  Қарақалпақстанда көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы тийкарғы машқалалар.

Конференция материаллары 2021-жыл, 10-декабрьге шекем кабылланады.

Конференция  материалларын таярлаў ушын қойылатуғын талаплар:

Конференция материаллары онлайн/топлам түринде шығарылады ҳәм авторларға электрон (pdf) вариантта бериледи. Мақала ҳәм тезислер 2-5 бет көлемде электрон word вариантта берилиуи керек. Ҳәр бир бет ушын 10 000 сум. Төлемлер усы пластик номерине 9860 0201 4223 9175 жибериледи (Жуўапкер шахс: Алланиязов Аяпберген Отепбергенович моб.номери: +998917882517).

Текст қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде Microsoft Word бағдарламасында Times New Roman шрифтинде, 14 pt өлшем, 1,5 интервал аралығында, төменнен ҳәм жоқарыдан 2,0 см, шептен 3,0 см, оңнан1,5 см қалдырған ҳалда жазылады. Барлық сноскалар тик қаўыс ишинде автордың фамилиясы ҳәм мақаланың бети көрсетиледи: [Камалов: 15].

Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологиялық тәреплери бойынша автордың өзи жуўапкер есапланады.

Мақала үстинде ортадан үлкен ҳәриплерде қойыў шрифттеги ҳариплер менен мақала атамасы, кейинги қатарларда киши ҳәриплер менен ортадан автор аты, фамилиясы, илимий дәрежеси ҳәм атағы (егер бар болса), лаўазымы, кейинги қатарда жумыс (оқыў) орны, қала ҳәм электрон почтасы көрсетиледи.

Талапқа жуўап бермейтуғын мақалалар конференция топламына киргизилмейди ҳәм авторға қайтарылмайды.

Илимий мақала ҳәм тезислер @Ayqulash_ilimiy_konf_toplam телеграмм мәнзили арқалы қабыл етиледи.  

Конференция өткерилиў мәнзили: 230100, Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, Байшубар көшеси номерсиз жай. Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты.

Ɵзбекстан мәмлекетлик кɵркем ɵнер ҳәм мәденият институты Нɵкис филиалы

Тел.: (8361) 224-29-02, Факс: (8361) 224-29-02.

Султамуратов Бегис Утебаевич +99891-394-41-83

E.mail:  ayqulash.konferenciya@mail.ru

Шөлкемлестириў комитети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...