ХОЖАЛЫҚ БӨЛИМ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ХОШАМЕТЛЕНДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.04.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы хожалық бөлими хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда филиал диркторы А.Аяпов елимизде «Жасыл мәкан» жойбары шеңбеинде жүргизилип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтип, бул бағдардағы жумысларда барлық хызметкерлер қатары хожалық бөлими хызметкерлериниң де орны айрықша екенлигин атап өтти.

Буннан соң, Филиал администрациясы атынан жәмийетлик жумысларда мүнәсип ҳәм белсене қатнасып жүрген бир қатар пидайы хожалық бөлими хызметкерлерге миннетдаршылық ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.  

Өз гезегинде бөлим хызметкерлери көрсетилип атырған усындай итибар ушын филиал администрациясына өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...