И.ЮСУПОВ АТЫНДАҒЫ ДӨРЕТИЎШИЛИК МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫ ФИЛИАЛДА БОЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.10.2022

Ашық есиклер күни

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп оқыўшылары қатнасыўында «Ашық есиклер күни» болып өтти.

Дәслеп қатнасыўшыларга филиалда билим алып атырған студент-жаслардың билим алыў процеси, олардың талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў бағдарында филиал жәмәәти тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар, үлгили жаслардың жетискенликлери бойынша кең түрде түсиник берилди.

Буннан соң мектеп оқыўшылары «Халық дөретиўшилиги» ҳәм «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы оқытыўшылары менен биргеликте филиал студент-жасларының сабақ барысы менен танысты. Илаж қатнасыўшылары әмелий түрде өткерилип атырған сабақларды үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...