Гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен пуқараларда жылытыў үскенелерине зәрүрлик сезиледи. Жылытыў үкенелерин иске қосыўда морыларды тазалаў ҳәм қазанханалардың сазлығына итибар қаратыў айрықша талап етиледи.
Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профилактика инспекторы ҳәм тьютор қәнигелери тәрепинен ижарада жасайтуғын студентлердиң жасаў шараятлары ҳәм ижара үйлериниң ысытыў тармақларының сазлығы үйренилип, турақ жай ийелери менен сәўбетлесиўлер алып барылмақта.
Өткерилген илажлар даўамында газ үскенесинен имарат ишин ысытыўда, кийимлерди қурытыўда пайдаланбаў ҳәм плитаны қараўсыз қалдырыўға жол қоймаў, газ ийиси шығып турған жерди шырпы жағып тексериў мүмкин емеслиги бойынша түсиндириў жумыслары турақлы алып барылмақта.



Буннан басқа да Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлиниң қатнасыўында өткерилген ушырасыўларда ийис газиниң пайда болыў себеплерине жол қоймаў бойынша көргизбели илажлар өткерилип келинбекте.


Әлбетте, усындай турақлы үгит-нәсият жумысларының жүргизилиўинде ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алдын алған боламыз.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()