ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИКТИ ЖЕТИЛИСТИРИЎДЕ ИШКИ АТТЕСТАЦИЯ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 08.04.2023

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 28-декабрдеги «Жоқары оқыў орнынан кейинги тәлим ҳәмде жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий педагог кадрларды аттестациядан өткериў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 365-санлы қарарына тийкар филиалдың илимий искерлик жумысларын буннан былай да жетилистириўде 2022-жылдың жуўмағы бойынша кафедралар кесиминде ишки аттестация жумыслары алып барылды.

 Аттестация жумысларында комиссия қурамы тәрепинен баҳалаў кретерияларына тийкар «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги», «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери», «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги», «Социал-гуманитар пәнлер», сондай-ақ, «Халық дөретиўшилиги» кафедралары профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылып атырған илимий изертлеў ҳәм илимий педагогикалық искерлик жумыслары көрип шығылды.

Ишки аттестация жумысларын алып барыўдан гөзленген мақсет – филиалда илимий искерлик жумысларын буннын былай да жетилистириў,  излениўшилерге жол-жоба көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў болып табылады.  

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...