ИЛИМЛИ, РУЎХЫЙ ЖЕТИК ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР – МӘМЛЕКЕТ ТАЯНЫШЫ, МИЛЛЕТ ТӘРБИЯШЫСЫ АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 06.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында “11-февраль – Илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар” күни алдынан Илимли, руўхый жетик ҳаял-қызлар – мәмлекет таянышы, миллет тәрбияшысы” атамасында «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы доценти, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Марияш Исмайлова ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Оған профессор-окытыўшылар ҳәм қызларжан клубы агзалары қатнасты.

Ушырасыўда Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязова ҳәм «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы баслығы, доцент Л.Уразымбетовлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде илим тараўына қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, илимий-изертлеў  жумысларына қызығыўшылғы жоқары болған жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды илимий-изертлеўлер ҳәм интелектуал искерликке бағдарлаўда алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтти. Сондай-ақ, М.Исмайлованың өмир жолы, театр ҳәм кино өнериндеги дөретиўшилиги ҳәм илим тараўында ерсикен табысларын атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, М.Исмайлова өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Оның театр ҳәм кино өнеринде аткарған рольлери олар ишинде кино өнеринде «Пулдың таты», «Өмирдиң үш пасылы» ҳәм «Курорт» фильмлеринде дөреткен образлары халқымыз арасында кеңнен таралған. М.Исмайлова филиалдың дәслепки ашылған жылынан баслап “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасында жумыс алып бармақта ҳәм театр көркем өнеринде топлаған көп жыллық тәжирийбесин жасларға үйретип, оларға  устазлық етип келмекте. Оның көплеген шәкиртлери илим ҳәм көркем өнер тараўы бойынша жоқары табысларды қолға киргизиб  келмекте. 

Сондай-ақ, оның көп жыллық театр өнеринде атқарған хызметлери ҳәм тәжирийбели педагог-алым сыпатындағы мийнетлерине бола Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2022-жыл 8-ноябрдеги 128-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 22-декабрдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳаққында» буйрығына тийкар Филиалда Марияш Исмайлова атындағы стипендия енгизилди. Әлбетте, бул филиал ушын үлкен мақтаныш есапналанды. Бул стипендия быйылғы оқыў жылынан баслап енгизилиў нәзердле тутытлған.

Илаж соңында студент-жаслар тәрепинен таярланған сахналық көринислер қойып берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler