Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды. Дәслеп мийманлар мойнақ районында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, усы институттың Ферғана аймақлық ҳәм Нөкис филиаллары тәрепинен жаратылған «Қоқан бағы»нда болды. Буннан соң, районынан жеңилликли тийкарда филиалға қабыл етилген студентлердиң ата-аналары менен ушырасыў өткерди.
Күнниң екинши ярымында институт ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов филиал профессор-оқытыўшылары менен сәўбетлести. Дәслеп көргизбеге усынылған филиал студентлериниң илим-билим, көркем өнер ҳәм спорт тараўы бойынша түрли таңлаў ҳәм жарысларда ерискен жетискенликлерин тамашалады. Филиалда нәтийжели алып барылып атырған жумысларға ҳәм көплеген бағдарларда жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанын жоқары баҳалады. Ушырасыўда филиалдың илимий потенциалын көтериўде илимий дөретиўшилик жумысларды еле де жетилистириў, студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеўде жаңа оқыў қолланба ҳәм сабақлықлар жаратыў, жас излениўшилерди қоллап-қуўатлаў, халықралаық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Буннан соң, студент-жаслар менен ушырасып, елимизде оқыйман, изленемен, өз қәбилетимди жүзеге шығараман деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылғанын атап өтти. Соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, филиалда жаслар ушын жаңа қәнигеликлер ҳәм магистратура қәнигеликлериниң ашылғанын айрықша атап өтип, бул бағдарда студент-жасларды көбирек илимге бағдарлаў, устаз шәкирт бағдарында оқытыўшылар менен биргеликте илимий мақалалар шығарыў, республика ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын жарысларда қатнасып, өз үстинде көбирик излениўлер алып барыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, жаслардың қолға киргизген табысларын айрықша атап өтип, оларға саўғалар тапсырды.
Өткерилген илаж даўамында жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийети, Тийкарғы нызамымыздың инсан мәпи ушын хызмет етиўин атап өтип, ҳәр бир пуқара өткерилежақ референдумда бийпарық болмастан белсене қатнасыў кереклигин түсиндирип өтти.
Ушырасыў соңында инстиут жәмәәти атынан филиал профессор-оқытыўшыларына миннетдаршылық тапсырылды.
Илаж студент-жаслар тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

























Филиал баспасөз хызмети.
![]()