Хабарыңыз бар усы жыл 9-июль күни мүддетинен бурын Өзбектстан Республикасы Президентлигине сайлаў болып өтеди. Әйне күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын сиясий партиялардан усынылған талабанлардың сайлаў алды бағдарламасының тийкарғы бағдарларын үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилмекте.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентлигине ӨзЛиДеП партиясынан усынылған талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти. Онда партияның электорат ўәкиллери, филиал жәмәәти ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда ӨзЛиДеП партиясынан усынылған талабанның исенимли ўәкили Б.Өтемуратов шығып сөйлеп, сайлаўшыларға талабанның сайлаўалды бағдарламасы, оннан орын алған бес әҳмийетли мақсетти қамтып алған тийкарғы бағдарлар бойынша толық мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ исенимли ўәкил Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасқанлығын, онда талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасында Қарақалпақстан халқы ушын бир қатар усынысларды алға қойғанлығын атап өтти.

Ушырасыў даўамында сайлаўалды бағдарламаның ҳәр бир бағдарында илгери сүрилген ўазыйпалар, соныӊ менен бирге, өткен 6 жыллықта талабан тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылған жаӊаланыўлар, сондай-ақ, барлық тараўлардағы үлкен өзгерислердиӊ барлығы талабан хызметлериниӊ жемиси екенлигин айрықша айтып өтти.

Сөзге шыққанлар талабанды қоллап-қуўатлаўға ҳәм алдымыздағы сайлаўда белсене қатнасыўға шақырып қалды.





Филиал баспасөз хызмети.
![]()