Бүгин Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2023-жыл 25-августтағы «Жоқары оқыў орынларының 2023-2024-оқыў жылына таярлық ҳалатын орынларға шығып үйрениў ҳаққында»ғы 388-санлы буйрығына тийкар дүзилген исши топар ағзалары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып, жаңа оқыў жылына таярлық ҳалаты менен танысты.

Дәслеп филиал директоры А.Аяпов исши топар ағзаларын қабыллап, таза оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириўде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти. Буннан соң, исши топар ағзалары студентлердиң ижара үйлерине жайғасыўы ҳәм бул бойынша машқалалар туўдырмаўда ижара үйлерин табыўда жәрдем көрсетиў хызмети менен танысып, таза оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириўде барлық зәрүр илажларды көриў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()