ИЖАРА ҮЙЛЕРИНЕН ХАБАР АЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 06.04.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Кдырниязова, психолог ҳәм тьютор қәнигелери студентлердиң ижара үйлерине келип ҳал жағдайларынан хабар алды. Ижара үй ийелери менен сәўбетлесип, студентлерге шараятлар жаратып бериўде әмелий жәрдем берди. Сондай-ақ, ижара үйлерде газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў кереклиги бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler