ИЗЛЕНИЎШИНИҢ ДИССЕРТАЦИЯ ЖУМЫСЫ ДӘСЛЕПКИ СЕМИНАРДАН ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.07.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасында еркин излениўши Абатбаева Рано Алламбергеновнаның 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша “Қарақалпақ музыка көркем өнериниң ҳәзирги күндеги раўажланыўында композитор Нажимаддин Мухаммеддиновтың шығармаларында тарийхый образлардың сәўлелениўи” атамасындағы тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын жазылған диссертациясы бойынша дәслепки басқоспа семинары өткерилди. Излениўшиниң илимий басшысы т.и.к. профессор Г.Ходжаметова.

Семинарда излениўши диссертация темасының актуаллығы, теманың объекти, предмети, сондай-ақ, композитор шығармаларының әҳмийетин илимий коз-қарастан талқылады. Буннан соң, комиссия қурамы ағзалары диссертация жумысын көрип шығып, өзлериниң өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис филиалда алдағы ўақытлары илимий искерлик жумысларды жетилистириўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жанында 17.00.00 – Көркемөнертаныў тараўы бойынша қәнигелестирилген Кеңес қурамын шөлкемлестириў жобаластырылған.  

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler