27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» алдынан тараў хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм тараўдың дөретиўши жәмәәт топарын ҳәм мийнет нураныйларын кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы К.Реймов ҳәм «Қарақалпақтан спорты» газетасының Бас редакторы А.Абдиевлар шығып сөйлеп, елимиздиң социал-экономикалық тумысын раўажландырыў бағдарында жүргизилип атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жаңалықлар ҳәм тараў хызметкериниң дөретиўшилигин кеңнен сәўлелендириўде ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң орны айрықша екенлигин атап өтти.




Ушырасыўда тараўда белсендилик көрсетип киятырған ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының миннетдаршылық хаты ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.










Өз гезегинде тараў хызметкерлери көрсетилип атырған бундай итибар ушын Мәденият министрлиги ҳәм филиал жәмәәтине миннетдаршылығын билдирди.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()