Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 2022-2023 окыў жылы ушын айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар даўам етпекте.
Абитуриентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ушын тәжирийбели профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелер бекитилген болып, абитурентлердиң дөретиўшилик имтихан таярлықлары әдәлатлы түрде баҳаланып барылмақта. Абитурентлердиң топлаған баллары қысқа ўақыттың өзинде филиал рәсмий веб-сайтында мәлим етилмекте.
Бүгин «Халық дөретиўшилиги Қосық ҳәм ойын» («сыртқы» өзбек топары) тәлим бағдары, сондай-ақ, «Актёрлық шеберлик (Қуўыршақ театр актёрлығы)» тәлим бағдарлары ушын дөретиўшилик имтихан болып өтпекте.


Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде болып өтиўи ушын имтихан өткерилетуғын аудиторияларға арнаўлы камералар орнатылған болып, интернет тармағындағы https://kamera.uzdsmi-nf.uz/ мәнзили арқалы туўрыдан-туўры бақлап барыўыңыз мүмкин.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()