
Жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен аналарымызды, апа-қарындасларымызда, қалаберсе жәмәәтимиз ҳаял-қызларын қызғын қутлықлайман.
Бүгинги күнде жәмийетимиздиң қайсы бир тараўын алып қарамайық онда пидәйы мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз мәмлекетимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып келмекте.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 43 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олар арасынан 2 илим кандидаты, 5 доцент ҳәм 1 профессор, соның менен бирге, Көркем өнер ғайраткерлери, халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелериниң бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады.
Байрам мүнәсибети менен филиал Ҳаял-кызлар қызлар кеңеси баслығы Оралхан Кдырниязова көп жыллық мийнети ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, 2022-2023-оқыў жылында филиалымыз ҳаял профессор-оқытыўшылары илимий дөретиўшилик бағдарында бир қатар табысларды қолға киргизди. Атап айтқанда Көркем өнертаныў факультети деканы, тарийх илимлериниң кандидаты Г.Ходжаметова профессор атағы, Социал-гуманитар пәнлер кафедрасы баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты Л.Уразова ҳәм Мәденият ҳәм китапхана искерлиги кафедрасы баслығы Г.Сапарбаевалар доцент илимий атағын алыўға миясар болды. Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги кафедрасы ассистент оқытыўшысы Г.Бектурсынова Өзбекстан Республикасы Инновациалық раўажланыў министрлиги тәрепинен жас алымларды сырт ел илимий мәкемелерине қысқа мүддетке стажировкаларға жибериў бойынша шөлкемлестирилген таңлаўда жеңимпазлықты қолға киргизип, Россияның Россия театр көркем өнери институтында бир айлық илимий стажировка өтеў сертификатын жеңип алды.
Және бир мақтаныш, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2022-жыл 8-ноябрдеги 128-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 22-декабрдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳаққында» буйрығына тийкар Филиалда Марияш Исмайлова атындағы стипендия енгизилди. Әлбетте, бул филиал ушын үлкен мақтаныш есапналанды. Бул стипендия быйылғы оқыў жылынан баслап енгизилиў нәзердле тутытлған.
Сондай-ақ, үлкен жетискенликлеримиздиң бири 2022-жылы төрт студент қызымыз мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды. Олардан «Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы» тәлим бағдарының 4-курс студенти Шахрибану Реймова Өзбекстан Республикасы Президент мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Нозима Улуғова Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендиясы, «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Маржан Аллиярова И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Шахноза Қудайбергеновалар Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизди.
Айта берсек жетискенликлеримиз, қолға киргизген табыслармыз көп. Әлбетте, бул жетискеликлер елимизде ҳаял-қызларға болған итибар ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси есапланады.
Бәрше ҳаял-кызларды және бир мәрте жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы менен және бир мәрте қутлықлап, перзентлериңизди бәркамал, саламат инсанлар етип тәрбиялаў, илим-билимлендириў тараўындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймен.
Бахтымызға ҳәмийше аман болың,
Әзиз ҳаял-қызлар!
Ҳүрмет пенен,
Аманжол АЯПОВ,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият
институты Нөкис филиалы директори,
Филология илимлериниң кандидаты.
![]()