Китап жаңалығы

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Режиссура ҳәм актёр шеберлиги кафедрасы доценти Марьяш Исмаилова тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарма етилген Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты профессоры Ж.Мамотқосимов ҳәм Б.Сайфуллаевлардың авторлығындағы «Актёр шеберлиги» атамасындағы сабақлығы баспадан шыкты.


Әлбетте, бул сабақлық көркем өнер тараўын ийлемекши болған студент-жаслардың теориялық билимин жетилистириўде, филиал илимий искерлигин жоқарылатыўда, сондай-ақ, китапхана фондын илимий-методикалық қолланбалар менен байытып барыўда әҳмийетли саналады.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()