КОМПОЗИТОР ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ АРНАЛҒАН ЕСЛЕЎ КЕШЕСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.03.2023

Өзбекстан композиторлар ҳәм бастакарлар аўқамының ағзасы, республикамызға белгили ҳәм талантлы композиторлардың бири Марқабай Жиемуратовтың 80 жасқа толыўына байланыслы еслеў кешеси ҳәм композитордың өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан халық шайыры Набира Төрешованың 70 жасқа толыўы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти. Илажға жазыўшы шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, композиторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.  

Ушырасыўды филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары А.Өтепбергенов ашып берди. Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының хаткери Е.Бекназаров, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнери ғайраткери Қ.Заретдинов, Қарақалпақстан халық артисти Б.Өтепбергенова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Т.Дошумова, композитор Н.Қаллибеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Марқабай Жиемуратовтың көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы көп жыллық мийнети, тәжирийбеси, таланты ҳаққында, сондай-ақ, композитордың өмирлик жолдасы, шайыр Набира Төрешованың өмир жолы ҳәм дөретиўшилигине айрықша тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Марқабай Жиемуратов өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Ол Қарақалпақ көркем өнери менен мәдениятын раўажландырыўда көплеген қосықларға нама жазып, оның дөреткен намалары қосық сүйер халқымыздың жүрек төринен терең орын ийелеген. Олар арасында «Айдынлар», «Аралым қәне», «Сахра қызына», «Аўылыма келсең асыға», «Жеталмасаң қал жигит» ҳәм басқа да намаларынан дөреген қосықлар халқымыз арасында кеңнен таралған. Әлбетте, бул қосықларды қосық сүйер халқымыз яд биледи. Белгили композитор, көпшилик көркем өнер ўәкиллериниң устазы Марқабай Жиемуратов бүгин арамызда болмасада оның дөреткен намалары халқымыз арасында жасамақта. Буннан былай да халықмыз сүйип тыңлайтуғын өшпес қосықлар болып қала береди.

Илаж соңында М.Жиемуратов тәрепинен дөрелген нама-қосықлар көркем өнер шеберлери, шәкиртлери ҳәм студент-жаслар тәрепинен атқарылып, қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler