КОМПОЗИТОР ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ АРНАЛҒАН УШЫРАСЫЎ КЕШЕСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 18.11.2022

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан композиторлар ҳәм бастакарлар аўқамының ағзасы, Қарақалпакстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы, композитор, педагог  Нурназар Қәллибековтың дөретиўшилик ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыў кешесине көркем өнер ғайраткерлери, композиторлар, музыка ыкласбентлери ҳәм студент-жаслар қатнасты.  

Илажда Қарақалпақстан халықшайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Х.Даўлетназаров, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген маденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қ.Заретдинов ҳәм Қарақалпақстан композиторлар ҳәм бастакарлар аўқамы жуўаплы хаткери А.Жақсымуратова шығып сөйлеп, Н.Қәллибековтың көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы көп жыллық мийнети, тәжирийбеси, таланты ҳәм дөретиўшилигине айрықша тоқтап өтти.

Илажда атар өтилгениндей, Нурназар Қәллибеков өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда көплеген шәкиртлерди таярлап, халқымыздың музыка өнериниң раўажландырыўда ат салысып киятырған композиторларымыздан саналады. Соның менен қатар хор, фортепиано ушын 6 атамада киши фортепианолық пиесалар, дуэтлер ҳәм жеке намалар романс тәқлетте қосықларды дөретти. Ол қарақалпақ көркем өнери менен мәдениятын раўажландырыўда көплеген қосықларға нама жазып, оның дөреткен намалары ықласбентлер қәлбинен терең орын ийелеген. Олар арасында «Жаслығым сен мени таслап барасаң» «Излер едим», «Арал» «Анажан»ҳәм басқа да намаларынан дөреген қосықлар халқымыз арасында кеңнен таралған.

Н.Қаллибековты халқымыз көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың жанкүйери, жаслардың әдиўли устазы сыпатында кеңнен таныйды. Ҳәзирги ўақытта ол Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасында оқытыўшы болып ислеп келмекте. Бүгинги күнде жасларға дөретиўшилик жолында жол көрсетип, шәкиртлери таңлаў ҳәм жарысларда жеңимпаз болып келмекте.

Илаж соңында Н.Қәллибеков тәрепинен дөрелген нама-қосықлар көркем өнер шеберлери, шәкиртлери ҳәм студент-жаслар тәрепинен атқарылып, қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...