КОНСТИТУЦИЯ КҮНИ БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 04.12.2024

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланған илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды.

Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Прократурасы бөлим баслығы П.Бекниязов, Қарақалпақстан Республикасы Суды баслығының орынбасары Б.Қтайбековлар, филиал жәмәәти ҳәмде студент-жаслар қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 32 жыл толыўы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы және мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхын, бүгинги күнин ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралық жәмийетин қурыў, буның ушын халқымыздың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, бүгинги өмирден разы болып жасаўы ушын оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў бағдарында соңғы жыллардағы алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.

Тийкарғы нызамымызда келешек әўладлардың билим алыўы, кәсип маманы болыўы, озық-ойлы, терең пикирлейтуғын, жетик инсан болып жетилисиўи ушын зәрүр болған принциплер ҳәм қағыйдалар белгилеп берилген. Соңғы жыллары жоқары билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар усы мақсетлерге ерисиў ушын хызмет етеди. Қарақалпақстанда соңғы жыллары жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасының жақсыланыўы, қабыллаў квоталары санының көбейтилиўи, әсиресе, быйылғы жылы да Қарақалпақстан жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша грант орынларының берилгенлиги Конституцияда белгиленген нормалардың әмелдеги көринислери болып табылады.

Усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиз жаслары илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм турмыстың басқа да салаларында үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.

Илаж даўамында филиалымыздың аға оқытыўшысы М.Юсупбаев жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, өз қәлемине тийисли қосыгын оқып еситтирди.

Салтанатлы илаж филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...