КОНСТИТУЦИЯ КҮНИ КЕҢ ТҮРДЕ БЕЛГИЛЕНБЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 09.04.2022

Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толды. Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Тийкарғы нызам есапланады.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Көркем өнертаныў» факультети  тәрепинен илаж шөлкемлестирилди. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм «Ҳуқықый мәденият» дөгерек ағзалары қатнасты. Илажды факультет деканы Г.Ходжаметова басқарып барды.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң, Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы Судының судя жәрдемшиси М.Жақсылыков, «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы оқытыўшысы, «Ҳуқықый мәденият» дөгереги басшысы А.Өтепбергеновалар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, ар-намысы ҳәм қәдир қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Бас нызам есапланады. Конституцияның айрықша әҳмийетке ийе тәрепи — оның мазмун-мәниси ҳәм ҳуқықый күши толығы менен ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетти қурыў­ға ҳәм де булардың барлығының инсан мәплерине хызмет етиўге бағдарлайды. Сондай ақ, Конституциямызда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң оғада жақсы шешимин тапқан болып, оның мәниси соннан ибарат, Қарақалпақстан халқын миллетиниң қандай болыўына қарамастан оның пуқаралары қурайды. Демек, республикамыз аймағында жасаўшы барлық халықлар, миллетлер Конституция алдында тең ҳуқыққа ийе ҳәм ол ҳәммениң мәпин бирдей қорғайды.

Илаж сонында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...