9-декабрь-Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни
Соңғы жыллары елимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул иллтке қарсы гүресиў бойынша бир қатар хуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. 2021-жыл 6-июль күни Президентмиз тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, қарар тийкарында мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыўда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде де «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Комплайенс-қадағалаў» бөлими енгизилди. Усылар қатары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да «Коррупциясыз тараў» жойбары шеңберинде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Комплайенс-қадағалаў бөлими шөлкемлестирилип, бөлим тәрепинен филиалда коррупцияның алдын алыўда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, филиалда коррупция менен байланыслы болған жағдайларды болдырмаў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде «Коррупциялық кәўип-қәтерлер картасы» ҳәм «Коррупцияға қарсы гүресиў Бағдарламасы» ислеп шығылып, филиалдың ҳәр бир хызметкери ҳәм профессор-оқытыўшыларына мәмлекетимизде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген Президент қарар ҳәм пәрманлары, норматив-ҳуқықый-ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў ҳәм семинарлар өткерилмекте.

Соның менен бирге, студент-жаслардың коррупцияға қарсы гүресиўдеги белсендилигин арттырыўда олар арасында шығарма жазыў ҳәм сүўретлеў өнери бойынша таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, олардың қалыс пикирлерин билиўде ҳәр шеректе аноним сораўнамалар өткерилип келинбекте. Әлбетте, бул илажлар коррупция менен байланыслы болған жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда, сондай-ақ, жәмийетимиздиң раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди деп ойлаймыз.


Солай екен, бул иллетке қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы емес, бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз есапланады.
Азамат Жаримбетов,
ӨМКӨМИ Нөкис филиалы Коррупцияға қарсы гүресиў
ҳәм комплаенс қадағалаў бөлими қәнигеси.
![]()