«КРЕАТИВ СПАРК» ЖОЙБАР ШЕҢБЕРИНДЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ЖОЛҒА ҚОЙЫЎ УСЫЛЛАРЫ ТҮСИНДИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.03.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстандағы Уллы Британия Кеңесиниң «Креатив Спарк» жойбары шеңберинде өткерилип атырған «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында социаллық жойбарларға қаржы табыўдағы сырт ел тәжирийбеси» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм семинардың көтериңки руўхта өтиўинде табыслар тиледи. Семинар-тренингде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты «Мәданият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» кафедрасы доценти Манзура Юлдашева,  усы кафедраның аға оқытыўшысы Бахтиёр Салайдинов ҳәм Айбек Дўсмухаммедовлар шығып сөйлеп, жойбардың мазмун-әҳмийети ҳәм оны әмелге асырыў бағдарлары ҳаққында түсиник берип өтти.

Илажда атап өтилгенинднй, Креатив Спарк — жоқары билимлендириўде исбилерменликти раўажландырыўға бағдарланған жойбар есапланып, бул жойбар жас исбилерменлерге өзлериниң карьера жолларын жаратыў, өз қол өнери ҳәм қәбилети арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыў, халықаралық тәжирийбелерди үйрениў, усы мақсетте инглис тилиндеги билим көнликпелерин жетилистириўди мақсет еткен. Креатив Спарк жойбары Уллы Британия Кеңеси басшылығында  Әрмения, Әзербайжан, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Украина ҳәм де Өзбекстан Республикаларында өз искерлиги бойынша түрли жойбарлар бойынша жумыс алып бармақта.

– Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Креатив Спарк жойбарына ағза сыпатында жойбар шеңбериндеги илажларда өзлериниң усыныслары қатнасып келмекте. 2018-2023 жыллар аралығында әмелге асырылыўы режелестирилген жойбар шеңберинде ҳәзирги күнге шекем жасларды исбилерменликке, өнерментшиликке үйретиў, олардың билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде бир неше вебинарлар өткерилип, 2020-жылда таяныш билим журы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ҳәм оның Ферғана аймақлық филиалының бир топар қәнигелери менен бирге «Мәданият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» кафедрасы баслығы Гүлшира Сапарбаева да Лондонның Голдсмит университетинде арнаўлы курсларға қатнасып, өзиниң тәжирийбесин арттырып қайтты, – дейди Филиалдың Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Б.Султамуратов.

– Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Креатив Спарк жойбарының мазмун-мәнисин студент жаслар итибарына жеткериў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында исбилерменликти жолға қойыў бойынша заманагөй билимге ийе кадрлар таярлаў мақсетинде 2021-2022 оқыў жылында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты оқыў режесине «Креатив исбилерменлик» пәни киргизилип, студентлер бул жайбардың мазмуны бойынша билимлерин беккемлеп бармақта.

Илаж даўамында «Keys study» усылында қатнасыўшылар бес топарға бөлинип, өзлери таярлап келген мәденият ҳәм көркем өнер тараўы бойынша исбилерменлик жумысларының жойбарлары менен қатнасты.  Семинар-тренинг соңында белсене қатнасқан студентлер сертификат пенен сыйлықланды.

Әлбетте бул жойбар жасларды мәденият ҳәм көркем өнер тараўы бойынша исбилерменликке бағдарлаўда, бул бойынша тәжирийбе алмасыўында әҳмийетли саналады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...