Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы “Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги” кафедрасы тәрепинен “Жаңа Өзбекстанда тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм мәнәўият системасын раўажландырыўдың ўазыйпалары” атамасында республикалық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, тараў ўәкиллери ҳәм жас изертлеўшилер қатнасты.
Дәслеп қатнасыўшылар ушын китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди.




Конференцияны филиал директорының Илимий ислери ҳәм инновация бойынша орынбасары Н.Хамидов кирис сөз бенен ашты ҳәм әнжуманның жоқары дәрежеде өтиўине тилеклеслик билдирди.

Буннан соң, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Халықаралық Илимлер академиясының академиги Ж.Турдымуратов “Қарақалпақ сүўретшилик өнеринде Ерназар Алакөз образы”, Республикалық балалар китапханасы директоры орынбасары З.Рамбергенова “Балаларда китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм балалар китапқумарлығы мәселелерин үйрениў”, “Социалы гуманитар пәнлер” кафедрасы аға оқытыўшысы ф.и.к А.Прекеева “Қарақалпақ поезиясында айтыс жанрының раўажланыўы” атамаларында баянат жасады.




Конференцияда атап өтилгениндей соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын еле де раўажландырыў, халқымыздың мәдений дәрежесин ҳәм халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, көркем өнерге қызығыўшы талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усы жыл 2-февраль күни Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда республикамыздың барлық орынларында мәденият күнлерин өткериўде мәдений ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў, мәденият ҳәм кө ркем өнер тараўында қәбилетли жас атқарыўшыларды излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, билимлендириў мәкемелерин миллий саз әсбаплары, музыка сабақлықлары ҳәм оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.
Әлбетте, мәденият ҳәм көркем өнер халқымыздың мәдений дәрежесин арттырыў, әсиресе, жаслардың кәмил инсан болып жетилисиўинде, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе. Бул қарар Үшинши Ренессансқа қәдем таслап атырған Жаңа Өзбекстанның бир қанаты сыпатында мәденият ҳәм көркем тараўының буннан былай раўажланыўында әҳмийетли ҳүжжет болып хызмет етеди деп ойлаймыз.
Бүгинги конференцияда тараўда әмлеге асырылып атырған реформалар, олардың әҳмийети, алда турған ўазыйпалар, олардың шешими илимий көз қарастан талқыланды.
Конференция секцияларға бөлинген ҳалда даўам етпекте.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()