Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat instituti — Nókis filialı Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat instituti Nókis filialı uzdsmi-nf.uz

МӘДЕНИЯТ ОРАЙЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА ОҚЫЎ-СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Kategoriya: Jańalıqlar
Sáne: 24.05.2022

Беруний районы Мәденият орайында “Мәденият орайларында норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жүргизилиўи ҳәм лаўазым қолланбалары тийкарында жумысларын шөлкемлестириў»  атамасында әмелий оқыў-семинар шөлкемлестирилди. Оған қала ҳәм районлық мәденият бөлими басшылары, қәнигелер ҳәм басқа да хызметкерлер қатнасты.

Оқыў-семинарда  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының Мәденият ҳәм китапхана искерлиги кафедрасы баслығы Г.Сапарбаева шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға мәденият мәкемелери жумысын жетилистириўде тараў хызметкерлериниң атқаратуғын ўазыйпалары, жуўапкершилиги ҳәм ҳуқықлары ҳаққында түсиник берди.

Оқыў-семинар даўамында мәденият орайларының жумысларын жетилистириў, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен ислесиў ҳәм лаўазым мәжбүриятлары ҳәм қолларбалары тийкарында жумысларды жолға қойыў бойынша пикир алмасылды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

★ Загрузка...