МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМА ЖОЙБАРЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛИП, ПИКИР-УСЫНЫСЛАР ТЫҢЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 16.02.2023

Хабарыңыз бар, «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбары кең жәмийетшилик додалаўы ушын жәрия етилди. Мәмлекетлик бағдарлама жойбары  жәми 309 бәнттен ибарат.

Усы мәмлекетлик бағдарлама жойбарын кең жәмийетшиликке таныстырыў, онда белгиленген ис-илажлар ҳәм бағдарларды додалаў, cондай-ақ, пуқаралардың орынларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалыyда 2023-жылғы «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын додалаў ҳәм оған пикир усыныслар билдириў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып берди. Буннан соң, “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлинми баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығының орынбасары Б.Косекеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарынында белгиленген ис-илажлар ҳәм ондағы бағдарлардың әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәммемизге белгили 2023-жыл 7-февраль күни 2023-жылғы «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы Мәмлекетлик бағдарламасы жойбары кең жәмийетшилик талқылаўы ушын жәрия етилди. Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын додалаўлар ҳәм оған пикир усыныслар билдириў  2023-жылдың 17-февраль күнине шекем даўам етеди. Мәмлекетлик бағдарлама жойбары жәми  7 жөнелис,  100 мақсет 309 бәнттен ибарат есапланады.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына пуқаралардың пикир-усынысларын билдириўде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң (Жамоатчилик.уз) онлайн платформасы жолға қойылған болып, платформаға жоқарыда көрсетилген электрон мәнзил арқалы кирип ҳәр ким өз идеялары, усынысларын билдириў, түсиндирмелер қалдырыў мүмкиншилигине ийе.

Әлбетте, пуқаралардың билдирген пикир ҳәм усыныслары 2023-жылғы Мәмлекетлик бағдарламда белгиленетуғын илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўында әҳмийетли есапланады.

Илаж өз ара пикир алысыў тәризинде даўам етип, қатнасыўшылар мәмлекетлик бағдарлама жойбары бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler