2023-жылдыӊ 22-декабрь күни Президентимиз басшылығында Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси болып өткен еди. Онда Президентимиз мәнәўият өмиримизде жаӊа күш, жаӊа ҳәрекетке айланыўы зәрүр екенлигин айрықша атап өтип, бул бағдарда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпалар додаланып, 9 бағдар бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды. Солар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ алдына да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди. Әлбетте, жасларды миллий ҳәм улыўма дүньялық идеялар тийкарында тәрбиялаўда мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият тараўының орны айрықша есапланады.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Президентимиз тәрепинен Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊеси мәжилисинде алға қойылған ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм жаслар тәлим тәрбиясында руўхый ағартыўшылқ жумысларды еле де жетилистириў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар, бөлим баслықлар ҳәм тьютор қәнигелери қатнасты.
Илажда филиал директоры А.Аяпов жаслар тәлим тәрбиясында Президентимиз тәрепинен алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети ҳәм жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар тийкарында тәрбиялаўда мәденият ҳәм көркем өнер тараўы алдына қойылған ўазыйпаларды айрықша атап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы руўхый-ағартыўшылқ жумысларды алып барыўда 9 бағдарда өз пикирлерин билдирип, әҳмийетли басламаларды алға қойды. Бәринен бурын, мәнаўият ҳәм мәденият тараўы ушын методикалық тийкар болып хызмет ететуғын миллий идеямызды раўажландырыў бойынша айрықша бағдарламалық ҳүжжет ислеп шығыў керек екенлигин атап өтти.
Мәжилисте алға қойылған 9 бағдардағы әҳмийетли басламалардың үшинши бағдары театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды алға қойып, жасларымызды миллий ҳәм улыўма дүньялық идеялар тийкарында тәрбиялаўда театр өнериниң орны айрықша екенлиги атап өтилип, айдың бир күни «Театр күни» деп жәриялаў бойынша баслама көтерди.
Әлбетте, жасларды ҳәр қыйлы жәмийетимизге жат болған идеялардан аўлақ болыўында, олардың пикирлеў ҳәм ойлаў дәрежеси, сондай-ақ руўхый жақтан жетик болып қәлиплесиўинде мәденият ҳәм коркем өнер, әдебият, театр көркем өнериниң орны айрықша есапланады.







Илаж соңында руўхый ағартыўшылық бағдарындағы жумысларымызды еле де жетилистириўде Президентимиз тәрепинен белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ис-илажлар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()