Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәжлислер залында «Мақсетимиз тынышлық хәм татыўльқ» атамасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Дин ислери басқармасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳаял-қызлар бойынша жетекши қәнигеси Х.Ибрайимова, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министирлиги жәмийетшилик қәўипсизлик ҳуқықбузарлықлар профилактика басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Х.Реймкулова, ҚР ИИМ терроризимге қарсы гүресиў басқармасы бөлим баслығы, майор Р.Нуржанов, ҚР ИИМ терроризимге қарсы гүресиў басқармасы бөлим қәнигеси С.Танабергеновлар қатнасып студент-жасларға үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Бунда студент-жаслар арасында «Диний экстремизим ҳәм терроризим»ниң алдын алыў, конфессиялар ҳәм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, ерте неке қурыў, ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлар, жынаятшылық, адам саўдасы, өз жанына қаслық етиў, нәшебентлик басқа да көплеген унамсыз иллетлерден аўлақ болыў ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти.



Ушырасыў соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


![]()