
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, өткен жылы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығы менен филиалда “Марияш Исмайлова” атындағы стипендия енгизилген еди.
Стипендия бойынша филиал студентлери арасында таңлаў жәрияланды. Таңлаў бойынша талабанлдардың ҳүжжетлери экспертлер тәрепинен үйренилди. Таңлаў нәтийжелери бойынша “Сахна ҳәм экран көркем өнер драматургиясы” тәлим бағдары 3-курс студенти Гулмира Алданазарова ҳәм усы тәлим бағдарының 4-курс студенти Нозима Улуғовалар ылайық деп баҳаланды.
Бүгин стипендия жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда филиал директоры А.Аяпов жеңимпазларды қутлықлап, будан да жоқары жетискенликлерге ерисе бериўине тилеклеслик билдирди.


![]()