МАРЖАННЫҢ ДӘСЛЕПКИ ТОПЛАМЫ БАСПАДАН ШЫҚТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 31.01.2022

Китап жаңалығы

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Профессионал тәлим «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдары 2-курс студенти Маржан Аллиярованың қәлеминен дөрелген «Биринши китиабым» атамасындағы қосықлар топламы баспадан шықты.

Китапта Ўатанға болған мухаббат, ата-анаға деген, узтазға болған иззет-ҳүрмет сыяқлы лирикалық қосықлар жәмленген.

М.Аллиярова қосық жазыў менен бирге, илимий дөретиўшилик жумыслар менен де шуғылланады. Ҳәзирги ўақытта илимий басшысы Көркем өнертаныў факультети деканы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Гулчира Ходжаметова менен биргеликте көркем өнер тараўы  бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта. Оның усы күнге шекем оннан артық тезис ҳәм мақалалары илимий журналларда баспадан шықты.

Бул жолда жас қәлемкешке алдағы дөретиўшилик ҳәм илимий жумысларында табыслар тилеймиз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...