МЕКТЕПЛЕРДЕ РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ИЛАЖЛАРЫ ЖҮРГИЗИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.05.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен Қанлыкөл районы ХББ қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажларды әмелге асырыўда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.  

Қанлыкөл районы ХББ қараслы 5-,6-,7-,8-санлы  улыўма орта билим бериў мектеплеринде ушырасыў кешелери шөлкемлестирилди. Ушырасыў даўамында оқыўшылары арасында “Биринши қәдем”, “Жас дөретиўшилер” таңлаўлары, «Заковат» интелектуал ойынлары, сондай-ақ, “Биз бағ жаратамыз” акциялары шөлкемлестирилди. Өткерилген илажларда белсене қатнасқан оқыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж даўамында 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан 7-8-санлы мектеп оқыўшыларының қатнасыўында райондағы “Жаңа қала” АПЖ аймағында жасаўшы урыс ветераны Оразбай Наметулаевтың ҳал-жағдайынан хабар алынып, саўға сәлемлер тапсырылды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler