
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен Қанлыкөл районы ХББ қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажларды әмелге асырыўда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Филиал профессор-оқытыўшыларының қатнасында Қанлыкөл районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң питкериўши класс оқыўшылары менен ушырасыў шѳлкемлестирилди.
Онда Жаслар мәселелери, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими методисти Тимур Даўлетмуратов шығып сөйлеп, елимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң жетик устасы болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()