МИЛЛИЙ КИЙИМЛЕР МИЛЛЕТ МАҚТАНЫШЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 10.01.2025

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң “Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, илим ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў, руухый дүньясын байытыў, шаңарақлық қәдриятларды беккемлеў ҳәмде социаллық сиясий белсендилигин асырыў бойынша жол картасына тийкар «Гөззаллық нағыслар жылаўында» атамасында миллий кийимлер көргизбесин шөлкемлестириў белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен, бүгин, 10-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ҳаялқызлар мәсләҳәт кеңеси тәрепинен илаж шөлкемлестирилди.

Филиалымыздың ҳаялқызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова ҳәм факультет деканларының ҳаялқызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери, сондайақ, белсенди администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студентжаслар усы илажға миллий кийимлер менен белсене қатнасып, қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа да халықлардың миллий нағыслары менен безетилген кийимкеншеклери, қол өнери үлгилери ҳаққында өз ара мағлыўмат алмасты.

Бундай илажды шөлкемлестириўден мақсетбүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, илим ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў, руўхый дүньясын байытыў мәселелерине айрықша дыққат аўдарыў сондай-ақ, шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў ҳәм жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў болып табылады.

– Биз турақлы түрде жасларымызға мәдениятымызға, үрп-әдет, дәстүрлеримизге туўры келмейтуғын кийимлерден көре, миллий кийимлеримиздиң артықмашылық тәреплерин үгит-нәсиятлап барыўымыз керек. Ескиден аналарымыздан мийрас болып қалған миллий кийим-кеншеклеримизди қызларымызға кийгизиў арқалы олардың қаншелли рәңбәрең ҳәм жарасықлы, қымбат баҳалы екенлигин халқымызға, әсиресе, жасларымызға көрсетиўди нийет еткенбиз, – дейди филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова.

Илаж даўамында ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған миллий кийимлер бәршеге көтериӊки заўық бағышлады.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...