Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы қурамындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими тәрепинен 2021-жыл ушын Рейтинг көрсеткишлерин жоқарылатыўдың өзине тән тәреплери: изленислер ҳәм шешимлер” атамасында семинар тренинг шөлкемлестирилди.
Оған директор орынбасарлары, бөлим баслықлар ҳәм кафедра баслықлары қатнасты. Семинарда Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеев шығып сөйлеп, быйылғы жылдың миллий рейтинг нәтийжелерин белгилеўде есапқа алынатуғын ҳәр бир бәнтке айрықша токтап өтти ҳәм ислениўи тийис болған жумыслар бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.




Илаж соңында пикир-усыныслар тийкарында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспсөз хызмети.
![]()