Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, мийнет етип етпекте. Елимизде жасайтуғын ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қараў, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша кеўил қаратылған.
Усы жыл 27-июнь күни Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Халықлар дослығы күни” фестивалы болып өтти.

Дәслеп, фестиваль қатнасыўшыларына Президентимиз басламасы менен Мойнақта соңғы жылларда бәрше тараўларда әмелге асырылған кең көлемли жумыслар менен таныстырылып, район орайында жайласқан музейлер ҳәм басқа дыққатқа ылайық орынларға экскурсиялар шөлкемлестирилди.

Буннан соң, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нокис филиалы «Тумар» ансамли ҳәм талантлы жаслар тәрепинен туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып фестиваль қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.


Фестивалды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – халқымыз арасында миллетлер ара татыўлық ҳәм кеңпейилликти күшейтиў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсанийлық үрп-әдетлерге ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў болып табылады.
Илаж соңында филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()