ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ ПАРЛАМЕНТКЕ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ КЕҢНЕН ТҮСИНДИРИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 22.12.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған илаж болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем яәкиллери ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, Призидент мүрәжатының мазмун-әҳмийети, сондай-ақ, халықтың саламатлығын беккемлеўге болған жоқары итибар,  билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Мүрәжатта жәмийетимиз турмысының ҳеш бир тараўы итибардан шетте қалмаған. Онда көтерилген мәселелер, белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыўға қаратылғанлығы менен оғада әҳмийетли саналады.

Президентимиз өз мүрәжатында 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти. Бул өз гезегинде елимизде «Инсан қәдири ушын» деген идеяны өзинде жәмлеп, инсан мәпин тәмийинлеўде барлық мәселелер халқымыз бенен масләҳәтлесип ис тутылатуғыны  ҳәм билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған итибардың айқын көриниси есапланады.

Өз-ара пикир алысыў тәризинде өткерилген илажда Президент муражатының мазмун-әҳмийетин студент-жасларға кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler