Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз Президенти Олий Мажлиске ҳәм халқымызға гезектеги мүрәжатын жоллады. Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатын халқымыз қатары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти де үлкен итибар менен тыңлады.


Президентимиз өз мүрәжатында 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти. Бул болса, өз гезегинде елимизде «Инсан қәдири ушын» деген әҳмийетли принцип баслы бағдар сыпатында белгилениўи ҳәм билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған итибардың айқын көриниси есапланады.
Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси студент-жасларға кеңнен түсиндирилмекте.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()