МҮРӘЖАТТА БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНА ҚАРАТЫЛҒАН ҲӘР БИР МӘСЕЛЕ ӘҲМИЙЕТЛИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 26.12.2022

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатын халқымыз қатары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти де үлкен итибар менен тыңладық. Президентмиз бул мүрәжатта мәмлекетимиз раўажланыўының ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында, сондай-ақ, барлық тараўлар раўажланыўының ажыралмас буўыны болған билимлендириўди сапа жағынан жетилистириў  мәселесине айрықша итибар қаратты.

Әлбетте, билимлендириўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў оғада үлкен итибарды талап етеди. Себеби, билимлендириў тараўы раўажланбай турып,  ҳәр қандай жәмийеттиң, ҳәр қандай тараўдың алға илгерлеўин көз алдымызға келтириў қыйын. Соның ушын жәмийетимиздиң алға илгерлеўиниң баслы бағдарларынан бири билимлендириў тараўы әҳмийетли есапланады. Қоспа мәжилисте улыўма орта билим бериў мектеплеринде, жоқары окыў орынларында билимлендириўдиң сапасына ерисиў, жәмийетте оқытыўшылардың абырайын асырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпалардан екенлиги атап өтилип, Президентимиз 2023-жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти. Бул өз гезегинде елимизде «Инсан қәдири ушын» деген идеяны өзинде жәмлеп, инсан мәпин тәмийинлеўде барлық мәселелер халқымыз бенен масләҳәтлесип ис тутылатуғыны ҳәм билимлендириўдиң сапа көрсеткишин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған итибардың айқын көриниси есапланады.

Президентимиз өз сөзинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы екенлигин атап өтип, бунда билимлендириўдиң барлық басқышлары менен байланыслы тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтканда, балаларымыз мектептен ана тили ҳәм шет тиллерин пуқта өзлестирип, компьютерде ислеўди үйренип шығыўы зәрүр екенлиги ҳәм перзентлеримизди кәсип-өнерлерге, көркем өнер ҳәм мәдениятқа қызықтырыўымыз керек, деп айрықша атап өтти. Келешегимиз болған жасларымыз усы имканиятлардан пайдаланып, бул билимлерди өзлестирсе келешекте жетик инсан, жоқары пазыйлетлерге ийе жанкүйер шахс сыпатында камал табыўына исенемиз. Әлбетте, бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда биз педагог жәмәәтине үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Сондай-ақ, мүрәжатта билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жумысларды әмелге асырыўда келеси жылы 70 жаңа мектеп қурылыўы, 460 сы кеңейтилиўи, жеке инвестициялардың қатнасында 100 мектеп қурыў жойбарлары басланыўы, келеси бес жылда болса олардың санын мыңға жеткерилиўин атап өтти. Бул өз гезегинде жаңа Өзбекстанымыздың ертеңги келешегине, перзентлеримиз ҳәм жасларымыздың оқып билим алып, жетик инсан болып камалға келиўинде әҳмийетли саналады.

Президентмиз өз мүрәжатында Жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтип, кейинги жылларда жоқары оқыў орынлары 2,5 есе көбейип, 198 ге жеткени, қамтыў алыў дәрежеси 9 проценттен 38 процентке көбейгенин атап өтти. Сондай-ақ, жаслардың окып билим алыўында қолайлылыклар туўдырыўда келеси жылы жоқары оқыў орны студентлери ушын жеңилликли тәлим кредитлерине ресурслар 2 есеге көбейтилип, 1,7 триллион сўм ажыратылатуғынлығын мәлим етти.

Әлбетте, барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўы раўажланыўына қаратылған ийгиликли ислердиң бәршеси елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысын еле де жетилистриўге қаратылғаны менен әҳмийетли саналады. Сонлықтан, белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда тараў қәнигелери өзлерниниң үлесин қосыўы тийис. Солай екен, мүрәжатда алға қойылған ўазыйпаларды турмысқа енгизиўде ҳәм  жаңа Өзбекстанды қурыўда биргеликте ҳәрекет етиўимиз лазым.

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 институты Нөкис филиалы директоры,

Филология илимлериниң кандидаты.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...