МУХТАР ӘЎЕЗОВ АТЫНДАҒЫ ҚАЗАҚ МИЛЛИЙ ДРАМА ТЕАТРЫ ЕЛИМИЗДЕ МИЙМАНДА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.09.2024

Алдын хабар бергенимиздей, Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры
6-8-сентябрь күнлери дөретиўшилик сапары менен республикамызда мийманда болады.

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрымызда театр жәмәәтин салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.  Буннан соӊ мийманлар театр фоэсинде «Қарақалапқстан ҳәм Қазақстан театр өнериниӊ дослығы» атамасындағы көргизбени тамаша етти ҳәм театр жәмәәтиниӊ дөретиўшилик сапарына байланыслы баспасөз конференциясына қатнасты.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Өзбекстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты Н.Аңсатбаев,  М.Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры директоры Жуасбек Еркин Тилеуқул улы сөзге шығып, еки халық арасындағы дослық ҳәм мәдений байланыслардың жаңа басқышқа көтерилип атырғанлығы ҳаққында сөз етип, театр жәмәәтине табыслар тиледи.

Театр жәмәәти халқымызға Ғ.Мүсиреповтың «Қыз Жипек» музыкалы драмасын усынды.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...