Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында билим алып атырған студент қызлар арасында окыўдан тысқары тигиў-пишиў өнери менен шуғылланатуғын қызлар көпшиликти қурайды.
“11-февраль – Илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар” күни алдынан филиалда 6-11-февраль күнлери аралығында ҳәптелик илажлар өткерилиўи белгиленген.
Бүгин ҳәптелик шеңберинде «Өнер-ағар булақ, илим-жанар шырақ» атамасында өнерли қызлар арасында таңлаў болып өтти. Онда студент-қызлар өзлери тоқыған қол өнерлери ҳәм буйымларын төрешилер қурамы ағзаларына усынды.




Таңлаў нәтийжелерине бола жеңимпазлар ҳәптелик жуўмағында сыйлықланады.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()