ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ ТҮСИНДИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында арықша жағдайлар бөлими қәнигелериниң қатнасыўында ийис газден сақланыў ҳәм өрт қәўипсизлигиниң алдын алыўға бағышланған илаж болып өтти. Ушырасыўда Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы орынбасары Қ.Аметов ийис газинен зәҳәрлениў жағдайларының алдын алыўда нелерге итибар бериў кереклиги, өрт пенен байланыслы жағдай жүз берсе қандай әмеллерди ислеў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей үлкемизде қыс айы ҳүким сүрмекте. Ҳазирги ўақытта пуқараларымыздың жылытыў үскенелеине болған мүтәжликлерин қанаатландырыўда олардың сазлығына айрықша итибар қаратыў әҳмийетли мәселелерден саналады. Ийис гази реңсиз, ийиссиз зәҳәрли бирикпе болып, тәбийий газ толық жанбаўы ҳәм морылардың тығылыўы ақыбетинде пайда болады. Газ ийисин сезгенде газ плиталары ҳәм ысытыў печлерин газ тармағынан өшириў, есик ҳәм айналарды ашыў, ханаларды самаллатыў, ханадаға электр үскенеелерин қоспаў яки жанып қалған болса өширмеў талап етиледи. Себеби, бул өрт яки газ-ҳаўа араласпасының шағылысыўына алып келиўи мүмкин. Газ ийисин сезсеңиз оны анықлаў ушын шырпы жағып емес, сабын гөбигинен пайдаланыў тийис. Соның менен бирге, жас өспирим балаларды газ үскенелеринен пайдаланыўшы орынларда қадағалаўсыз қалдырыў мүмкин емес.

Әлбетте,  усы атап өтилген қағыйдаларға әмел етсек түрли кеўилисз жағдайлардың келип шығыўының алдын алған боламыз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...