ӨЗБЕКСТАН КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ КҮНИ БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНЫП CПОРТТЫҢ ФУТБОЛ ТҮРИ БОЙЫНША ДИРЕКТОР КУБОГИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: Gulsara Jartibaeva
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.11.2022

Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы хызметкерлери арасында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамына бағышланып cпорттың футбол түри бойынша директор кубоги өткерилди.

Филиал кәсиплик аўқамы шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста филиал администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм хожалық бөлими хызметкерлери қатнасты.

Жарыс жуўмағында администрация хызметкерлери қурамынан дүзилген команда биринши, профессор-окытыўшылар қурамынан дүзилген команда екинши ҳәм хожалық бөлими хызметкерлери қурамынан дүзилген команда үшинши орынды қолға киргизди.

Жарыс жеңимпазлары менен белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler