ӨЗБЕКСТАН МӘМЛЕКЕТЛИК КӨРКЕМ ӨНЕР ҲӘМ МӘДЕНИЯТ ИНСТИТУТЫ Ў.Ў.А. РЕКТОРЫ МОЙНАҚТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 04.04.2023

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды. Мийманды филиал директоры А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзалары жоқары дәрежеде күтип алды.

Дәслеп мийманлар мойнақ районында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, усы институттың Ферғана аймақлық ҳәм Нөкис филиаллары тәрепинен шөлкемлестирилген «Қоқан бағы»нда болып, ол жерде өсип турған түрли декоратив ҳәм мийўе нәллерди көзден кеширди. Илажда бағды еле де гүллендириў ҳәм өсип турған мийўе ағашлардың агротехникалық тәрбия жумысларына айрықша итибар қаратыў кереклиги бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Буннан соң, мийманлар бағды еле де көркейтиўде мийўе нәллерин отырғызды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев қатнасты.

Ректордың мойнақ районына болған сапары даўам етпекте.

Loading

Paydalı derekler