Хабарыңыз бар, усы жыл 7-февраль сәнесинен баслап елимиздеги барлық жоқары оқыў орынларында оқыў процеси дәстүрий усылда басланды.
Оқыў процесиниң дәстүрий фарматта басланыўы мүнәсибети менен «Көркем өнертаныў» факультети деканы Г.Ходжаметова, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими бас қәнигеси М.Даулетмуратова, Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Кдырниязова, Тьютор қәнигелери Б.Адилов ҳәм Қ.Сәрсенбаевлар студентлер менен ушырасып, қысқы дем алысты қалай өткергенлиги, қандай ислер менен бәнт болғанлығы, қандай китаплар оқығанлығы, улыўма бос ўақытларын қалай өткергенлиги бойынша сәўбетлести.



Ушырасыў даўамында онлайн сабақларда белсене қатнасқан студентлерге миннетдаршылық билдирилип, буннан былай окыў процеси дәстүрий усылда болатуғынлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, студент-жасларға филиал хызметкерлери ҳәм студентлердиң тәртип интизамға әмел етиўи бойынша ислеп шығылған «Әдеп-икрамлылық кодекси»ниң мазмун-әҳмиейти ҳәм филиал ишки тәртип қағыйдалары, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты, жәмийетте өзин тута билиўи, қарым-қатнас, сабақ барысында оқытыўшы менен қандай мүнәсибетте болыў кереклиги, гигиена талапларына әмел етиў, маска, антисептик қуралларынан пайдаланыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()