ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ЖУЎМАҒЫ БОЙЫНША ЕСАП КОНЦЕРТ БАҒДАРАЛАМАСЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 16.05.2024

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен 2023-2024-оқыў жылы жуўмағы бойынша есап концерт бағдараламасы болып өтти. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Концерт бағдарламасын Филиал дириектор А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм жаслардың талантын жүзеге шығарыўда әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтип, келешекте көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына үлес қосатуғын халқымыз сүйген көркем өнер шеберлери болып жетилисиўне тилеклеслик билдирди.

Мәденият ҳәм көркем өнер халқымыздың миллий қәдириятларын, дәстүрлерин сәўлелендириў менен бирге өсип киятырған жас әўладтың руўҳый жақтан жетик, саламат ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда, сондай-ақ, оларда Ўатанға болған сүйиспеншиликти арттырыўда да оғада әҳмийетли санлады. Бүгинги күнде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 1 800 ге шамалас жаслар күндизги ҳәм сыртқы бөлимде билим алмақта. Оларға илим-билим, көркем өнер сырларын үйретиўде тәжирийбели устазлар, профессор-оқытыўшылар жумыс алып бармақта. Усындай тәжирийбели устазлардан билим алған жаслар келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында, оның дүнья бойлап танылыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери болып жетилиседи деп исенемииз.

Профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен Ўатан, дослық ҳәм мухаббатты жырлаўшы, сондай-ақ,  халық қосықларынан атқарылған намалар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, Б.Генжемуратов сөзи, У.Абдуллаева намасына жазылған “Көркем өнер мәденият Институтымсаң” қосығын хор жәмәәти менен қосыла атқарды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...