ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЖУЎМАҒЫ ҲӘМ ИМТИХАНЛАРДЫ САПАЛЫ ӨТКЕРИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 06.06.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында атқарыў тәртиби ҳәм оқыў жылының жуўмағы мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканы, кафедра баслықлары ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.

Мәжилисти филиал директоры А.Аяпов алып барды ҳәм оқыў жылының жуўмағы, имтиханларды сапалы өткериў, студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизам, шәртнама төлемлерин оқыў жылы тамамланбай турып өндириў, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклигин айрықша атап өтти.

Буннан соң, оқыў процесси менен байланыслы болған мәселлелер, руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумыслар, студентлердиң шәртнама-төлемлериниң барысы, сондай-ақ, қурылыс ҳәм ишки хожалық жумыслары барысы ҳаққында тийисли жуўапкерлердиң мағлыўматлары тыңланды.

Илаж соңында алдағы ислениўи тийис болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...