ОҚЫТЫЎШЫЛАРДЫҢ ШЕТ ТИЛЛЕРИ БОЙЫНША КӨНЛИКПЕЛЕРИ АСЫРЫЛМАҚТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.12.2021

Президентмиз Ш.Мирзиёев басшылығында 2021-жыл 6-май сәнесинде өткерилген видеселектор мәжилисинде ҳәр бир жоқары оқыў билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында оқытыўшы ҳәм студент-жасларға шет тиллерин пуқта үйрететуғын тил орайларын шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленген еди.

Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майда «Шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен «IDEAL Omega Turan» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилген болып, филиалда инглис тилин үйрениў бойынша орай шөлкемлестирилди.

 Орай өз жумысын усы жыл октябрь айында баслады. Бунда профессор-окытыўшылар график тийкарында үш ай даўамында оқытылады ҳәм питкергеннен соң тест тапсырады, тесттен өткенлерге сертификат бериледи. Ҳәзирги ўақытта орайда он бес оқытыўшы инглис тили бойынша  көнликпелерин асырып келмекте.

Әлбетте, бул орай филиал хызметкерлериниң шет-тилин кеңнен үйрениўинде хызмет етеди деп ойлаймыз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler