ПАРТИЯ БЕЛСЕНДИЛЕРИ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 18.12.2021

Усы жыл 17-декабрь күни Өзбекстан мәмлекетлик  көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Исбилерменлер ҳәрекети  — Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан  Республикалық аймақлық партия шөлкеминиң “Жаңа әўлад кадрлары” жойбары шеңберинде “Жаслар – келешек кадрлары” атамасында  ушырасыў болып өтти.   

 Илажға партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм  студент-жаслар   қатнасты.

Ушырасыўда партияның жаслар менен ислесиў бөлими баслығы Ж.Юсупбаев, басланғыш партия шөлкемлери менен ислесиў секторы баслығы И.Исмайловлар шығып сөйлеп, елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың арзыў нийетлерин  жүзеге  шығарыў  бағдарында алып  барылып атырған жумыслар,  келешегимиз  болған жасларға қаратылып атырған итибар, жаслар турмысына байланыслы елимиз басшысының басламасы менен   кейинги жыллары  қабыл етилген қарар ҳәм  пәрманлардың әҳмийети турмыслық  мысаллар  менен  түсиндирип өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда кейинги жылларда мәмлекетимизде  ҳуқықый-демократиялық жәмийет қурыў, елимиз экономикасын жәнеде жоқары дәрежеге  көтериў, халықтың жасаў шараятын еле де жақсылаў, сондай-ақ  социаллық-сиясий турмыстың барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап  өтти.     

Ушырасыў жаслардың пикир-усыныслары ҳәм сораў-жуўаплары менен даўам етти. Илаж соңында студентлерге партияның көкирек белгиси ҳәм китаплар саўға етилди.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...